Mark 14:32-42
Ийсаның Гетсеманиде дуўа етиўи
(Мат 26:36-46; Лук 22:39-46)
32Олар Гетсемани деп аталатуғын жерге келди. Ийса шәкиртлерине: – Мен дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди. 33Петр, Яқып ҳәм Юханды Өзи менен бирге алып кетти. Ол қатты қәўетерленип, қыйнала баслады. 34Оларға: – Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди. 35Ийса бираз шетирекке барып, жерге жығылды да, мүмкин болса бул сааттың Өзинен шетлеп өтиўин сорап, дуўа ете баслады. 36– Әке, Әкежаным! Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен аўлақ қыл. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деди. 37Ийса шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге: – Шимон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба? 38Сергек болыңлар! Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер. Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди. 39Ол және барып, сол сөзлерин айтып, дуўа етти. 40Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди. Олар Ийсаға не деп жуўап берерин билмеди. 41Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. 42Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C