Mark 14:43-50
Ийсаның қолға алыныўы
(Мат 26:47-56; Лук 22:47-53; Юхн 18:3-12)
43Тап сол ўақытта, Ийса еле сөйлеп турғанда, он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар жиберген бир топар адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. 44Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны услап, абайлап алып кетиңлер», – деген еди. 45Яҳуда келди де, дәрриў Ийсаға жақынласып, Оған: – Устаз! – деп, Оны сүйди. 46Ал адамлар Ийсаға тәп берип, услап алды. 47Бирақ Ийсаның қасында турғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бир силтеп, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. 48Сонда Ийса оларға: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? 49Мен ҳәр күни сизлер менен Ибадатханада бирге болып, тәлим бергенимде, Мени усламадыңлар. Бирақ, Мухаддес Жазыўлар орынланыўы шәрт, – деди. 50Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C