‏ Mark 14:53-65

Ийса жоқарғы кеңес алдында

(Мат 26:57-68; Лук 22:54-55, 63-71; Юхн 18:13-14, 19-24)

53Олар Ийсаны бас руўханийге апарды. Ол жерге ҳәмме бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер жыйналды. 54Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисиниң ишине дейин узақтан ерип келип, ҳәўлиде сақшылар менен бирге отқа жылынып отырды. 55Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады.

56Себеби көп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди.

57Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип:

58– Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслайман ҳәм үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди.

59Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди.

60Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан:

– Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.

61Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және:

– Алғысланғанның Улы – Масийх Сенбисең? – деп сорады.

62Ийса:

– Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын көресизлер , – деди.

63Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып:

– Енди бизлерге гүўалардың не кереги бар?
64Қудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди.

Олардың ҳәммеси Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти.

65Гейбиреўлер Оған түкире баслады ҳәм бетин байлап, Оны мушлап урды да, Оған:

– Қәнекей, ўәлийлик ет, – дести.

Сақшылар да Оны шапалақ пенен урды.
Copyright information for KaaIBT22C