Mark 14:55-64
55Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады. 56Себеби көп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди. 57Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип: 58– Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслайман ҳәм үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди. 59Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди. 60Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады. 61Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және: – Алғысланғанның Улы – Масийх Сенбисең? – деп сорады. 62Ийса: – Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң оң жағында отырғанын ▼ ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын көресизлер ▼, – деди. 63Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып: – Енди бизлерге гүўалардың не кереги бар? 64Қудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди. Олардың ҳәммеси Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти.
Copyright information for
KaaIBT22C