Mark 14:66-72
Петрдиң Ийсадан таныўы
(Мат 26:69-75; Лук 22:56-62; Юхн 18:15-18, 25-27)
66Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди. 67Ол отқа жылынып отырған Петрди көрип, оған тигилип қарады да: – Сен де сол насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди. 68Бирақ Петр танып: – Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сол ўақытта қораз шақырды».
. 69Шоры қыз оны көрип, сол жердегилерге және: – Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады. 70Бирақ Петр және танды. Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге: – Ырасында да, сен солардың бирисең, өйткени галилалысаң-ғо ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сениң сөйлеўиң жүдә уқсас».
, – деди. 71Ол: – Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, алдасам нәлет жаўсын, – деп ант ишти. 72Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның өзине: «Қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи есине түсип, жылап жиберди.
Copyright information for
KaaIBT22C