Mark 14:69-72
69Шоры қыз оны көрип, сол жердегилерге және: – Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады. 70Бирақ Петр және танды. Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге: – Ырасында да, сен солардың бирисең, өйткени галилалысаң-ғо ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сениң сөйлеўиң жүдә уқсас».
, – деди. 71Ол: – Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, алдасам нәлет жаўсын, – деп ант ишти. 72Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның өзине: «Қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи есине түсип, жылап жиберди.
Copyright information for
KaaIBT22C