‏ Mark 15:21-32

Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи

(Мат 27:31-44; Лук 23:27-43; Юхн 19:17-27)

21Искендер ҳәм Руфустың әкеси, Шимон деген киренели бир адам аўылдан киятырып, сол жерден өтип баратыр еди. Оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 22Олар Ийсаны Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге алып келди. 23Оған мирра қосылған шарапты бергенде, Ол ишиўден бас тартты. 24Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң, ким не алар екен деп шек тасласып, өз ара Оның кийимлерин бөлисти
Заб 21:19.
.
25Олар Ийсаны атанақ ағашқа шегелегенде, саат азанғы тоғыз еди. 26Оның бас бетинде айыбын көрсететуғын: «ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди. 27Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи. [ 28
Базы қолжазбаларда 28-аят та бар: «„Ол жынаятшыларға қосып саналды“, – деген Мухаддес Жазыў орынланды».
]

29Өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип :

– Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен!
30Өзиңди Өзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип көрши! – деди.

31Бас руўханийлер менен диний муғаллимлер де Оны мазақ қылып, бир-бирине:

– Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды!
32Израилдың Патшасы Масийх ҳәзир атанақ ағаштан түссин, сонда бизлер көрип, Оған исенемиз, – дести.

Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленгенлер де Оны мазақ етти.
Copyright information for KaaIBT22C