‏ Mark 15:33-41

Ийсаның жан тапсырыўы

(Мат 27:45-56; Лук 23:44-49; Юхн 19:28-30)

33Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 34Саат үште Ийса қатты даўыс пенен:

– Элой, Элой! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» – дегенди аңлатады.

35Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип:

– Қараңлар, Ол Илиясты шақырып атыр, – деди.

36Сонда бир адам жуўырып барып, сорғышты сирке суўына батырды ҳәм оны бир таяққа қадады да, Оған ишиўге берип:

– Тоқтай турың! Илияс келип, Оны түсирип алар ма екен, көрейик! – деди.

37Ал Ийса қатты бақырды да, жан тапсырды.

38Сол ўақытта Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. 39Ийсаның қарсысында турған жүзбасы Оның усылай жан тапсырғанын көрип:

– Ҳақыйқаттан да, бул Адам – Қудайдың Улы екен, – деди.

40Сол жерде узақтан қарап турған бир неше ҳаяллар бар еди. Олардың арасында магдалалы Мәриям, кишкене Яқып пенен Иосестиң анасы Мәриям ҳәм Саломия болды. 41Олар Ийсаға Галилада болған ўақтында ерип жүрип, Оған хызмет еткен еди. Ол жерде Ийса менен бирге Ерусалимге келген басқа көп ҳаяллар да бар еди.
Copyright information for KaaIBT22C