Mark 15:42-47
Ийсаның қәбирге қойылыўы
(Мат 27:57-61; Лук 23:50-56; Юхн 19:38-42)
42Күн кеш болды. Бул күн таярлық күни, яғный Шаббат күнинен алдынғы жума күни еди. 43Сонда жоқарғы кеңестиң ҳүрметли ағзасы, Қудайдың Патшалығын күтиўши ариматиялы Юсуп келип, батыллық пенен Пилаттың алдына кирди де, Ийсаның денесин сорады. 44Пилат Ийсаның әлле қашан өлгенине ҳайран қалып, жүзбасыны шақыртып алды да: – Өлгенине көп ўақыт болды ма? – деп сорады. 45Жүзбасыдан билип алғаннан соң, ол денени Юсупке берди. 46Юсуп кепинлик таўар сатып алды. Ол Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, зығыр кепинге орады да, жартаста ойылған қәбирге қойып, қәбирдиң аўзына бир тасты домалатып қойды. 47Магдалалы Мәриям менен Иосестиң анасы Мәриям Ийсаның қай жерге қойылғанын көрди.
Copyright information for
KaaIBT22C