‏ Mark 15:6-15

Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи

(Мат 27:15-26; Лук 23:13-25; Юхн 18:39-40; 19:1-16)

6Ҳәр Қутқарылыў байрамында Пилат халық сораған бир тутқынды босатып беретуғын еди. 7Сол ўақытта қамақта қозғалаң ўақтында өзиниң шериклери менен адам өлтирген Барабба деген бир адам бар еди. 8Халық Пилатқа келип, өзлери ушын әдеттеги исин ислеп, бир тутқынды босатып бериўин сорай баслады. 9Пилат олардан:

– Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деп сорады.

10Себеби ол бас руўханийлердиң Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.

11Бирақ бас руўханийлер халықты үгитлеп, Ийсаның орнына Бараббаны босатып бериўди талап еттирди. 12Пилат оларға және:

– Олай болса, сизлер Яҳудийлердиң Патшасы деп атаған адамға не ислейин? – деди.

13Олар:

– Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп бақырысты.

14Пилат олардан:

– Ол қандай жаманлық иследи? – деп сорады.

Бирақ олар:

– Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп қаттырақ бақырысты.

15Сонда Пилат халықтың кеўлинен шығыў ушын Бараббаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
Copyright information for KaaIBT22C