Mark 16:1-8
Ийсаның қайта тирилиўи
(Мат 28:1-8; Лук 24:1-12; Юхн 20:1-10)
1Шаббат күни өткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды. 2Олар екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди. 3Өз ара: – Қәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? – деп сөйлести. 4Бирақ басларын көтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын көрди. Тас жүдә үлкен еди. 5Қәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти көрип, қорқып кетти. 6Жигит оларға: – Қорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери. 7Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Өзиниң айтқанындай, Оны сол жерде көресизлер», – деп айтыңлар, – деди. 8Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Қорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады.
Copyright information for
KaaIBT22C