Mark 16:9-11
Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи
(Мат 28:9-10; Лук 24:13-35; Юхн 20:11-18)
9Ийса екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға көринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди. 10Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди. 11Бирақ олар Ийсаның тири екенин ҳәм Мәриямның Оны көргенин еситсе де, исенбеди.
Copyright information for
KaaIBT22C