‏ Mark 2:1-12

Ләң адамның шыпа табыўы

(Мат 9:1-8; Лук 5:17-26)

1Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келди. Адамлар Оның үйде екенин еситкенде, 2жыйналған адамның көплигинен есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Қудайдың сөзин айтып отырғанда, 3төрт адам бир ләң адамды көтерип, Оған алып келди. 4Бирақ адам көп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса отырған үйдиң төбесин ашып, ләң адамды төсеги менен төменге түсирди. 5Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға:

– Балам, гүналарың кеширилди! – деди.

6Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен: 7«Ол неге Қудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады.

8Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип:

– Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?
9Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, төсегиңди алып жүр», – деў ме? 10Бирақ, Адам Улының
Адам Улы – Ийса Масийх Өзин көбинесе усылай атады, сөзликке қараң.
жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға:

11– Саған айтаман: орныңнан тур да, төсегиңди алып, үйиңе бар! – деди.

12Адам орнынан турды да, дәрриў төсегин алып, адамлардың көз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Қудайды мақтап:

– Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени көрген жоқ едик, – дести.
Copyright information for KaaIBT22C