‏ Mark 2:13-17

Лебийдиң шәкирт болыўы

(Мат 9:9-13; Лук 5:27-32)

13Ийса және көл жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди. 14Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди
Лебий – Матта деп те танылған. Мат 9:9 қараң.
көрди де, оған:

– Мениң изиме ер! – деди.

Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.

15Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, көплеген салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Өйткени Оның изине ериўши бундай адамлар көп еди. 16Парисейлер
Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.
арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын көрип, Оның шәкиртлерине:

– Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди.

17Буны еситкен Ийса:

– Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C