‏ Mark 3:20-27

Ийса ҳәм Белзебүл

(Мат 12:22-32; Лук 11:14-23; 12:10)

20Соңынан Ийса үйге киргенде, және көп халық жыйналып, Оған ҳәм шәкиртлерине аўқатланыўға мүмкиншилик болмай қалды. 21Ийсаның үй-иши буны еситип, Оны алып кетиў ушын жолға шықты. Өйткени адамлар: «Ол есинен аўыпты», – деген еди.

22Ерусалимнен келген диний муғаллимлер:

– Онда Белзебүл-шайтан бар. Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести.

23Сонда Ийса оларды Өзине шақырып алып, оларға тымсаллар менен сөйлей баслады:

– Шайтанды шайтан қалай қуўып шығара алады?
24Егер бир патшалық өз ишинен бөлинсе, ол қулайды. 25Бир үй өз ишинен бөлинсе, ол қулайды. 26Егер шайтан өзине өзи қарсы шығып, өз ара бөлинсе, онда оның патшалығының қулап, тамам болатуғын ўақтының жеткени.

27Ҳеш ким де күшли адамның үйине кирип, мал-мүлкин тонай алмайды. Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады.
Copyright information for KaaIBT22C