‏ Mark 4:1-20

Туқым себиўши туўралы тымсал

(Мат 13:1-9; Лук 8:4-8)

1Ийса және көл жағасында тәлим бере баслады. Әтирапына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, көлдеги қайыққа минип отырды, ал халық көлдиң жағасында, қурғақлықта турды. 2Ол халыққа тымсаллар менен көп нәрселерди үйретип, былай деди:

3– Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. 4Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты. 5Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. 6Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, көгерип өсип шығыпты ҳәм гейбиреўлери отыз, гейбиреўлери алпыс, гейбиреўлери жүз еседен зүрәәт берипти.

9Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!

Тымсалдың мақсети

(Мат 13:10-17; Лук 8:9-10)

10Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады. 11Ийса оларға былай деди:

– Қудайдың Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады.
12Солай етип: «Олар қарап турса да, көрмейди,
Тыңлап турса да, түсинбейди,
Қайтып келип, кеширилмейди» .

Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи

(Мат 13:18-23; Лук 8:11-15)

13Ийса оларға былай деди:

– Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер?
14Туқым себиўши Қудайдың сөзин себеди. 15Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Қудайдың сөзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сөзди алып кетеди. 16Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди. 17Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.

18Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды. 19Олар сөзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да қумарлықлар сөзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди. 20Ал басқалары өнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди.
Copyright information for KaaIBT22C