Mark 4:1-9
Туқым себиўши туўралы тымсал
(Мат 13:1-9; Лук 8:4-8)
1Ийса және көл жағасында тәлим бере баслады. Әтирапына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, көлдеги қайыққа минип отырды, ал халық көлдиң жағасында, қурғақлықта турды. 2Ол халыққа тымсаллар менен көп нәрселерди үйретип, былай деди: 3– Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. 4Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты. 5Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. 6Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, көгерип өсип шығыпты ҳәм гейбиреўлери отыз, гейбиреўлери алпыс, гейбиреўлери жүз еседен зүрәәт берипти. 9Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!
Copyright information for
KaaIBT22C