Mark 4:13-20
Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи
(Мат 13:18-23; Лук 8:11-15)
13Ийса оларға былай деди: – Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер? 14Туқым себиўши Қудайдың сөзин себеди. 15Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Қудайдың сөзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сөзди алып кетеди. 16Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди. 17Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады. 18Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды. 19Олар сөзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да қумарлықлар сөзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди. 20Ал басқалары өнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди.
Copyright information for
KaaIBT22C