‏ Mark 4:35-41

Ийсаның даўылды тоқтатыўы

(Мат 8:23-27; Лук 8:22-25)

35Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине:

– Көлдиң арғы жағасына өтейик, – деди.

36Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди. 37Сонда күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады. 38Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып:

– Устаз! Бизлер өлетуғын болдық-ғо, сонда да Саған бәри бир ме? – деди.

39Ийса турды да, самалға тыйым салып, толқынға:

– Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды.

Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады.

40Ийса оларға:

– Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди.

41Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине:

– Самалды да, толқынды да Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
Copyright information for KaaIBT22C