Mark 5:1-20
Ийсаның жин урған адамға шыпа бериўи
(Мат 8:28-34; Лук 8:26-39)
1Олар көлдиң арғы жағасындағы герасалылардың үлкесине келди. 2Ийса қайықтан түсиўден-ақ, Оның қарсы алдынан қәбирлердиң арасы менен киятырған жаўыз руўхқа шалынған адам шықты. 3Бул адам қәбирлер арасында жасап жүрген болып, оны ҳеш ким шынжыр менен де байлап қоя алмаған еди. 4Неше рет шынжырласа да, кисенлесе де, ол ҳәр қашан шынжырларды үзип, кисенлерди сындырып таслайтуғын еди. Оны бойсындырыўға ҳеш кимниң күши жетпейтуғын еди. 5Ол күни-түни қәбирлер арасында ҳәм таўдың етеклеринде бақырып жүрип, өзин таслар менен жарақатлайтуғын еди. 6Узақтан Ийсаны көрген ол жуўырып келди де, аяғына жығылып: 7– Қудай Тааланың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар? Қудай ушын өтинемен, мени қыйнама! – деп қатты бақырды. 8Өйткени Ийса: «Ҳәй, жаўыз руўх, бул адамнан шығып кет!» – деген еди. 9Сонда Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Мениң атым Үлкен топар, себеби бизлер көппиз, – деди 10ҳәм өзлерин бул жерден басқа жаққа жибермеўин өтинип, Оған қатты жалынды. 11Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. 12Жаўыз руўхлар Ийсаға жалынып: – Бизлерди сол шошқаларға жибер, оларға кирейик, – деди. 13Ийса оларға рухсат етти. Сонда жаўыз руўхлар сол адамнан шығып, шошқаларға кирди ҳәм еки мыңға шамалас шошқа падасы жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, суўға батып кетти. 14Шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барды да, болған ўақыяны айтып берди. Адамлар не болғанын көриў ушын келди. 15Олар Ийсаның қасына барып, бурын үлкен жин топары урған адамның ақыл-еси кирип, кийинип отырғанын көргенде қорқып қалысты. 16Болған ўақыяны көргенлер жин урған адамға ҳәм шошқаларға не болғанын оларға айтып берди. 17Сонда адамлар Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин өтине баслады. 18Ийса қайыққа мингенде, жиннен азат болған адам Оған: – Сениң менен бирге барайын, – деп жалынды. 19Бирақ Ийса оған рухсат етпей: – Үйиңе, жақынларыңның қасына қайт, Ийемиздиң саған не ислегенин ҳәм Оның саған қандай мийрим-шәпәәт көрсеткенин оларға айтып бер, – деди. 20Ол адам сол жерден кетип, Ийсаның оған не ислегенин Декаполиске барып жәриялай баслады. Еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысты.
Copyright information for
KaaIBT22C