‏ Mark 5:21-43

Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял

(Мат 9:18-26; Лук 8:40-56)

21Ийса қайық пенен және арғы жағаға өткенде, әтирапына көп адам жыйналды. Ол жағада турғанда, 22Яир атлы мәжилисхана басшыларының бири келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да:

23– Кишкене қызым өлим төсегинде жатыр. Сен келип, оның үстине қолыңды қой, ол шыпа таўып, тири қалсын! – деп қатты жалынды.

24Ийса оның менен бирге кетти. Изине көп халық ерип, тығылыстырып жүрди.

25Сол жерде он еки жылдан бери қан кетип аўырып жүрген бир ҳаял бар еди. 26Ол талай шыпакерлерден көп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди. 27Ҳаял Ийса ҳаққында еситип, адамлардың арасы менен Оның артына жақынлап келип, Оның кийимине қолын тийгизди. 28Өйткени ол ишинен: «Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди.

29Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди. 30Сонда Ийса Өзинен күш шыққанын дәрриў билип, халыққа бурылды да:

– Мениң кийимиме ким қолын тийгизди? – деп сорады.

31Шәкиртлери Оған:

– Халықтың Сени тығылыстырып киятырғанын көрип турып, неге: «Мениң кийимиме ким қол тийгизди», – деп сорайсаң? – деди.

32Бирақ Ийса буны ким ислегенин көриў ушын, әтирапына қарай баслады. 33Сонда өзине не болғанын билген ҳаял қорқып ҳәм қалтырап, Оның алдына келди де, аяғына жығылып, бар ҳақыйқатты айтып берди. 34Ийса оған:

– Қызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди.

35Ол еле усыларды айтып турғанда, мәжилисхана басшысының үйинен адамлар келип:

– Қызыңыз өлди. Енди неге Устаздың тынышын алып турсыз? – деди.

36Бирақ Ийса бул сөзлерди еситсе де, мәжилисхана басшысына:

– Қорқпа, тек исен, – деди.

37Ийса Өзине Петр, Яқып ҳәм оның иниси Юханнан басқа ҳеш кимниң ериўине рухсат етпеди. 38Олар мәжилисхана басшысының үйине келгенде, даўыс шығарып қатты жылап атырған адамларды көрди. 39Ийса ишке кирип:

– Неге қайғырып, жылап турсызлар? Қыз өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди.

40Олар Ийсаның үстинен күлди. Бирақ Ол ҳәммени шығарып жиберип, Өзи менен бирге қыздың ата-анасын ҳәм шәкиртлерин алып, қыз жатырған бөлмеге кирди. 41Қыздың қолынан услап, оған:

– Талита куми! – деди. Бул: «Қызым, саған айтаман, түргел», – дегенди билдиреди.

42Қыз дәрриў орнынан турып, жүре баслады, оның жасы он екиде еди. Буны көргенлер қатты таң қалысты. 43Ийса оларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды қатаң буйырып, қызға аўқат бериўди тапсырды.
Copyright information for KaaIBT22C