‏ Mark 6:1-6

Насыралылардың Ийсаны тән алмаўы

(Мат 13:53-58; Лук 4:16-30)

1Ийса сол жерден шығып, Өзи өскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди. 2Шаббат күни болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған көп адамлар таң қалысып:

– Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Оның қоллары усындай кәраматларды қалай ислемекте?
3Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Шимонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? – десип, Оны тән алмады.

4Ийса оларға:

– Қәдирленбейтуғын пайғамбар болмайды, ол тек өз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, – деди.

5Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады 6ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды.

Ийсаның он еки шәкиртине тапсырма бериўи

(Мат 10:5-15; Лук 9:1-6)

Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди.
Copyright information for KaaIBT22C