‏ Mark 6:14-29

Шомылдырыўшы Яқыяның өлтирилиўи

(Мат 14:1-12; Лук 9:7-9)

14Патша Ҳирод Ийса туўралы еситти, себеби Оның аты ҳәммеге белгили болған еди. Гейбиреўлер: «Бул – өлимнен қайта тирилген шомылдырыўшы Яқыя, сонлықтан да Ол усындай кәраматлар ислемекте», – десе, 15базылар: «Бул – Илияс », – дести. Тағы басқалар: «Ол – бурынғы пайғамбарлар сыяқлы, бир пайғамбар», – дести.

16Ал буны еситкен Ҳирод:

– Мен басын кестирген Яқыя тирилип келипти, – деди.

17Ҳирод адам жиберип, Яқыяны услатып байлатты да, оны қаматып таслаған еди. Себеби ол өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродияға үйленген еди. 18Өйткени Яқыя оған: «Туўысқаныңның ҳаялын алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди.

19Ал Ҳиродия кек сақлап, Яқыяны өлтирмекши болды, бирақ өлтире алмады. 20Себеби Ҳирод Яқыяның ҳақ ҳәм мухаддес адам екенин билип, оннан қорқып, оны қорғайтуғын еди. Ол Яқыяның сөзлерин еситкенде қатты тынышсызланса да, оларды қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын еди.

21Күнлердиң биринде қолайлы жағдай туўылды. Ҳирод туўылған күнинде сарай ҳәмелдарларына, әскербасыларға ҳәм Галила үлкесиниң басшыларына зыяпат берди. 22Сонда Ҳиродияның қызы келип ойынға түсип, Ҳиродтың ҳәм оның қонақларының кеўлинен шықты. Ҳирод қызға:

– Меннен не тилесең де сора, беремен, – деди.

23Және де, қызға ант ишип:

– Не тилесең де, ҳәтте, патшалығымның ярымына дейин болса да беремен, – деди.

24Қыз сыртқа шығып, анасына:

– Не сорайын? – деди.

Анасы:

– Шомылдырыўшы Яқыяның басын сора! – деди.

25Қыз асығыслық пенен дәрриў патшаға келди де:

– Маған тап ҳәзир шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып бериўиңизди қәлеймен, – деди.

26Патша буған қатты қыйналса да, қонақларының алдында ант ишкенлиги себепли, қыздың тилегине қарсы тура алмады. 27Сонлықтан патша сол ўақытта-ақ жәлладын жиберип, Яқыяның басын әкелиўди буйырды. Жәллад барып, қамақта Яқыяның басын кесип алды да, 28табаққа салып, қызға әкелип берди, ал қыз оны анасына берди. 29Буны еситкен Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетти де, қәбирге қойды.
Copyright information for KaaIBT22C