Mark 6:30-44
Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы
(Мат 14:13-21; Лук 9:10-17; Юхн 6:1-14)
30Елшилер Ийсаның қасына қайтып келип, Оған барлығын: қандай ислер ислегенин ҳәм халыққа нелерди үйреткенин айтып берди. 31Ийса оларға: – Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, – деди. Өйткени келип-кетиўшилер көп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди. 32Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз өзлери елсиз жерге кетти. 33Бирақ көп адамлар олардың кетип баратырғанын көрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди. 34Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға көп нәрселерди үйрете баслады. 35Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. 36Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, өзлерине азық сатып алсын, – деди. 37Ийса оларға жуўап берип: – Оларға сизлер аўқат бериңлер! – дегенде, олар: – Ырасында да, еки жүз динарға ▼▼ Еки жүз динар – бир динар жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.
нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? – деди. 38Ийса оларға: – Қанша наныңыз бар? Барып көриңлер, – деди. Олар билип келип: – Бес нан менен еки балық бар екен, – деди. 39Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бөлип, жасыл шөптиң үстине отырғызыўды буйырды. 40Халық жүзден, елиўден топарға бөлинип отырды. 41Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын шәкиртлерине берди ҳәм еки балықты да барлығына үлестирди. 42Олардың ҳәммеси жеп тойды. 43Аўысқан нан бөлеклерин ҳәм балықларды жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. 44Нан жеген ер адам бес мыңға шамалас еди.
Copyright information for
KaaIBT22C