‏ Mark 6:45-52

Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи

(Мат 14:22-33; Юхн 6:15-21)

45Буннан соң, дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағадағы Бетсайдаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди. 46Оларды жибергеннен соң, дуўа етиў ушын таўға шықты. 47Кеш болғанда қайық көлдиң ортасында болып, ал Ийсаның жалғыз Өзи жағада еди. 48Самал қарсы есип турғанлықтан, Ийса шәкиртлериниң ескек есиўге қыйналып атырғанын көрди. Таңғы төртлерде Ийса көлдиң үсти менен шәкиртлерине қарай жүрип, олардың қасынан өтейин деп те қалды. 49Шәкиртлери көлдиң үсти менен киятырған Ийсаны көргенде әрўақ деп ойлап, бақырысып жиберди. 50Өйткени ҳәммеси Оны көрип, қорқып қалысқан еди. Бирақ Ийса оларға дәрриў:

– Жигерлениңлер! Бул Мен, қорқпаңлар! – деди.

51Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты. 52Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди.
Copyright information for KaaIBT22C