‏ Mark 6:7-13

7Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди. 8Оларға:

– Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар,
9аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, – деп буйырды.

10Ол және:

– Барған жериңизде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар.
11Егер бир жерде сизлерди қабыл етпесе ҳәм сөзлериңизди тыңламаса, сол жерден шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сизлерге шынын айтаман, ҳүким күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жақсырақ болады».
, – деди.

12Шәкиртлер барып, халыққа тәўбе етиўди жәриялап жүрди 13ҳәм көп жинлерди қуўып шығарып, көп аўырыў адамларды май менен сылап, оларға шыпа берди.
Copyright information for KaaIBT22C