‏ Mark 7:1-13

Адамды не ҳарамлайды?

(Мат 15:1-20)

1Ийсаның қасына Ерусалимнен келген парисейлер ҳәм айырым диний муғаллимлер жыйналды. 2Олар Ийсаның шәкиртлериниң айырымларының ҳарам, яғный үрп-әдет бойынша жуўылмаған қоллары менен аўқат жегенин көрди.

3Өйткени парисейлер ҳәм барлық яҳудийлер ата-бабаларынан қалған үрп-әдетлерин сақлап, қолларын жақсылап жуўмай турып аўқат жемейтуғын 4ҳәм және де, базардан келип, жуўынбағанша аўқатланбайтуғын еди. Олар басқа да көп дәстүрлерди сақлаўды үрдис еткен. Мысалы: кесе, гүзе, мыс қазанларды жуўады.

5Сонлықтан парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсадан:

– Неге Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған үрп-әдетлерди орынламай, ҳарам қоллары менен аўқат жейди? – деп сорады.

6Ийса оларға:

– Сизлер, еки жүзлилер туўралы Ийшая пайғамбар мынадай деп дурыс болжаған: «Бул халық сыйлар Мени тили менен,
Бирақ жүреги Меннен алыс.
7Олар Маған босқа сыйынып,
Адам ойлап тапқан парызларды үйретер» .

8Сизлер Қудайдың буйрығын таслап, адамлардың дәстүрлерин орынлап жүрсизлер
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сизлер кесе ҳәм гүзелерди жуўасызлар ҳәм соған уқсаған ислерди қыласызлар».
, – деди.

9Ийса оларға және:

– Сизлер өз дәстүрлериңизди сақлаў ушын, Қудайдың буйрығын бийкарлаўды ақылға муўапық деп есаплайсызлар.
10Муўса: «Ата-анаңды ҳүрметле» ҳәм «Ким де ким әкесине ямаса анасына жаман сөз айтса, ол сөзсиз өлтирилсин», – деген. 11Бирақ сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Саған беретуғынымды Қудайға қурбан қылып бағышладым“, десе, 12сол адам ата-анасына ҳеш жәрдем бермесе де болады», – дейсизлер.

13Солай етип, сизлер өз үрп-әдетлериңиз бенен Қудайдың сөзин бийкар етип, басқа да усы сыяқлы көп ислерди ислейсизлер, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C