‏ Mark 7:24-30

Сирофеникиялы ҳаялдың исеними

(Мат 15:21-28)

24Ийса сол жерден шығып, Тир
Тир – Базы қолжазбаларда «Тир ҳәм Сидон».
үлкесине келди. Ол бир үйге кирди ҳәм буны ҳеш кимниң билгенин қәлемеди, бирақ жасырына алмады.
25Кишкене қызы жаўыз руўхқа шалынған бир ҳаял Ийса ҳаққында еситип, дәрҳал Оған келди де, аяғына жығылды. 26Бул – Сирофеникия елинде туўылған грек ҳаялы еди. Ол Ийсадан қызындағы жинди қуўып шығарыўды өтинди. 27Ал Ийса оған:

– Биринши балаларды тойдырыў керек, балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.

28Ҳаял жуўап берип:

– Дурыс, Ийем. Бирақ ийтлер де дастурханнан түскен балалардың нанының усақларын жейди-ғо, – деди.

29Ийса оған:

– Усы жуўабың ушын үйиңе қайта бер, қызыңнан жин шығып кетти, – деди.

30Ҳаял үйине келгенде, қызының төсекте жатырғанын ҳәм оннан жинниң шығып кеткенин көрди.
Copyright information for KaaIBT22C