‏ Mark 8:1-10

Ийсаның төрт мың адамды тойғызыўы

(Мат 15:32-39)

1Сол күнлери көп халық жыйналды. Олардың жейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, Ийса шәкиртлерин жанына шақырып алып:

2– Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери Мениң қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. 3Егер оларды аш ҳалында үйлерине жиберсем, жолда ҳәлсиреп қалады. Және де, олардың гейбиреўлери узақтан келген, – деди.

4Шәкиртлери Оған жуўап берип:

– Ким усындай бир елсиз жерде соншелли адамды тойдырыў ушын нан таба алады? – деди.

5Ийса олардан:

– Неше наныңыз бар? – деп сорады.

Олар:

– Жетеў, – деп жуўап берди.

6Сонда Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. Жети нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм тарқатыў ушын, шәкиртлерине сындырып берди. Шәкиртлери халыққа тарқатты. 7Оларда және бир неше киши балық та бар еди. Ийса Қудайға шүкирлик етип, оларды да тарқатыўды буйырды. 8Халық жеп тойды ҳәм аўысып қалған бөлеклерди жыйнап, жети себет толтырды. 9Ол жерде төрт мыңға шамалас адам бар еди. Ийса адамларды тарқатып жиберди 10ҳәм шәкиртлери менен дәрриў қайыққа минип, Далманута үлкесине кетти.
Copyright information for KaaIBT22C