Mark 8:11-13
Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўди талап етиў
(Мат 16:1-4)
11Парисейлер Ийсаға келип, Оның менен тартыса баслады ҳәм Оны сынап көриў ушын, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўди талап етти. 12Ийса аўыр гүрсинип: – Неге бул әўлад кәраматлы белги талап етип атыр? Шынын айтып турман: бул әўладқа ҳеш қандай кәраматлы белги көрсетилмейди, – деди. 13Соңынан оларды қалдырып, және қайыққа минди де, арғы жағаға кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C