‏ Mark 8:14-21

Жалған тәлиматлардан сақ болыңлар!

(Мат 16:5-12)

14Шәкиртлери өзлери менен бирге нан алыўды умытып кетип, қайықта тек ғана бир нан бар еди. 15Ийса оларды ескертип:

– Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысынан сақ болыңлар! – деди.

16Олар:

– Нанымыз жоқ болғанлықтан усылай деди, – деп, өз ара айтыса баслады.

17Ийса буны билип, олардан:

– Неге сизлер наныңыздың жоқлығын айтысып турсызлар? Елеге дейин көрмей ҳәм түсинбей турсызлар ма? Елеге дейин кеўиллериңиз соқыр ма?
18Неге көзлериңиз бола тура көрмейсизлер, қулақларыңыз бола тура еситпейсизлер? Еслериңизде жоқ па? 19Мен бес нанды бес мың адамға сындырып бергенимде, аўысқан бөлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады.

– Он еки, – деп жуўап берди олар.

20Ийса және:

– Мен жети нанды сындырып, төрт мың адамға бөлистиргенимде, аўысқан бөлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады.

– Жети, – деп жуўап берди олар.

21Ийса оларға:

– Сонда еле де түсинбедиңлер ме? – деди.
Copyright information for KaaIBT22C