Mark 8:27-29
Петрдиң Ийсаның Масийх екенлигин мойынлаўы
(Мат 16:13-20; Лук 9:18-21)
27Ийса Өз шәкиртлери менен Филип Кесариясындағы аўылларға кетти. Жол бойы шәкиртлеринен: – Мени адамлар ким деп санайды? – деп сорады. 28Олар жуўап берип: – Биреўлер шомылдырыўшы Яқыя, екиншилер Илияс, тағы басқалар пайғамбарлардың бири деседи, – деди. 29Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр жуўап берип: – Сен – Масийхсаң, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C