Mark 8:31-38
Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында билдириўи
(Мат 16:21-28; Лук 9:22-27)
31Ийса Адам Улының көп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай өлтирилиўи ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин оларға үйрете баслады. 32Ол бул ҳаққында ашық-айдын айтты. Бирақ Петр Оны шетке шақырып алып, қарсы сөйлей баслады. 33Ийса бурылып, Өзиниң басқа шәкиртлерине қарады да, Петрге қатаң жуўап берип: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди. 34Соңынан Ийса шәкиртлери менен халықты Өзине шақырып алып: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 35Себеби ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ҳәм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады. 36Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? 37Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады? 38Егер ким де ким усы опасыз ҳәм гүнакар әўладта Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Әкесиниң салтанатында Өзиниң мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады, – деди. Mark 9:1
1Ийса оларға және: – Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудайдың Патшалығының Өз қүдирети менен келгенин көрмегенше, өлмейди, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C