Mark 9:14-32
Ийсаның жин урған балаға шыпа бериўи
(Мат 17:14-20; Лук 9:37-43)
14Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған көп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди көрди. 15Пүткил халық Ийсаны көриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди. 16Ийса олардан: – Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? – деп сорады. 17Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип: – Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим. 18Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында көбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды өтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди. 19Сонда Ийса оларға: – Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, – деди. 20Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны көриўден руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан көбиги ағып, аўнап жатты. 21Сонда Ийса баланың әкесинен: – Бундай болғанына қанша ўақыт болды? – деп сорады. Әкеси: – Кишкене бала ўақтынан усындай. 22Руўх оны өлтирмекши болып, неше мәрте отқа да, суўға да таслады. Егер қолыңнан келсе, бизлерди аяп, жәрдем ете гөр, – деди. 23Ийса оған: – Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин, – деди. 24Баланың әкеси дәрҳал жылап жиберип: – Мен исенемен, аз исенимимниң беккем болыўына жәрдем ет! – деп бақырды. 25Халықтың жуўырысып киятырғанын көргенде Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Ҳәй, тилсиз ҳәм герең руўх! Буйыраман: оннан шығып кет ҳәм қайтып оған кириўши болма, – деди. 26Сонда руўх шыңғырып, баланы қатты қалтыратты да, оннан шығып кетти. Бала өлидей болып жатырғанлықтан, адамлардың көбиси: – Ол өлип қалды, – деди. 27Бирақ Ийса оны қолынан услап турғызғанда, ол орнынан турды. 28Ийса үйге киргеннен кейин, шәкиртлери аўлақта Оннан: – Бизлер неге жаўыз руўхты қуўып шығара алмадық? – деп сорады. 29Ийса оларға жуўап берип: – Жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў арқалы қуўып шығарыўға болады, – деди.Ийсаның және Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында билдириўи
(Мат 17:22-23; Лук 9:43-45)
30Сол жерден шығып, олар Галила арқалы өтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи. 31Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны өлтиреди ҳәм өлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. 32Бирақ шәкиртлери бул сөзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты.
Copyright information for
KaaIBT22C