‏ Mark 9:2-13

Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи

(Мат 17:1-13; Лук 9:28-36)

2Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди. 3Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди. 4Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар көринип, Ийса менен сөйлесип турды. 5Петр Ийсаға:

– Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.

6Петр бул сөзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, өйткени шәкиртлер қатты қорқып қалған еди.

7Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан:

– Бул – Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.

8Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, өзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.

9Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға:

– Адам Улы өлимнен қайта тирилгенше, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, – деп буйырды.

10Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «өлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди. 11Шәкиртлери Ийсадан:

– Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.

12Ийса оларға жуўап берип:

– Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы көп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған?
13Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C