Mark 9:33-37
Аспан Патшалығында ең уллы ким?
(Мат 18:1-5; Лук 9:46-48)
33Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен: – Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады. 34Бирақ олар үндемеди. Өйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди. 35Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға: – Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди. 36Соң кишкене бир баланы алып, олардың ортасына турғызды да, оны қушақлап: 37– Ким де ким мынадай кишкене бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның тек Мени емес, ал Мени Жибергенди қабыл еткени болады, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C