Mark 9:42-48
Азғырылып гүна ислемең
(Мат 18:6-9; Лук 17:1-2)
42– Және де, ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып теңизге тасланғаны оған жақсырақ болады. 43Егер сени қолың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен дозаққа, сөнбес отқа тасланғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [ 44 ▼▼ Базы қолжазбаларда усы аят 48-аят пенен бирдей.
] 45Егер сени аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки аяғың менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [ 46 ▼▼ Базы қолжазбаларда усы аят 48-аят пенен бирдей.
] 47Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен Қудайдың Патшалығына киргениң жақсырақ. Дозақта 48«оларды жеп атырған қурт та өлмейди, жандырып атырған от та сөнбейди» ▼.
Copyright information for
KaaIBT22C