Matthew 1:1-17
Ийса Масийхтың шежиреси
(Лук 3:23-38)
1Ибрайым ҳәм Даўыттың урпағы Ийса Масийхтың ▼▼ Масийх – «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. Сөзликке қараң.
шежиреси мынадай: 2Ибрайымнан Ысақ туўылды. Ысақтан Яқып туўылды. Яқыптан Яҳуда ҳәм оның аға-инилери туўылды. 3Яҳуда менен Тамарадан Перес ҳәм Зерах туўылды. Перестен Хесрон туўылды. Хесроннан Рам туўылды. 4Рамнан Амминадаб туўылды. Амминадабтан Нахшон туўылды. Нахшоннан Салмон туўылды. 5Салмон менен Рахабтан Боаз туўылды. Боаз бенен Руттан Обид туўылды. Обидтен Ишай туўылды. 6Ишайдан Даўыт патша туўылды. Даўыт пенен бурын Урияның жубайы болған ҳаялдан Сулайман туўылды. 7Сулайманнан Рехабам туўылды. Рехабамнан Абия туўылды. Абиядан Аса туўылды. 8Асадан Еҳошафат туўылды. Еҳошафаттан Еҳорам туўылды. Еҳорамнан Уззия туўылды. 9Уззиядан Иотам туўылды. Иотамнан Ахаз туўылды. Ахаздан Хизкия туўылды. 10Хизкиядан Менашше туўылды. Менашшеден Амон туўылды. Амоннан Иошия туўылды. 11Бабилонияға сүргин етилгенде, Иошиядан Ехония ▼▼ Иошиядан Ехония – Базы қолжазбаларда «Иошиядан Еҳояким, Еҳоякимнен Ехония».
ҳәм оның инилери туўылды. 12Бабилонияға сүргин етилгеннен кейин, Ехониядан Шеалтиел туўылды. Шеалтиелден Зеруббабел туўылды. 13Зеруббабелден Абиҳуд туўылды. Абиҳудтан Эляким туўылды. Элякимнен Азор туўылды. 14Азордан Садоқ туўылды. Садоқтан Ахим туўылды. Ахимнен Элиҳуд туўылды. 15Элиҳудтан Элазар туўылды. Элазардан Маттан туўылды. Маттаннан Яқып туўылды. 16Яқыптан Мәриямның күйеўи Юсуп туўылды. Мәриямнан Масийх деп аталған Ийса туўылды. 17Солай етип, ҳәммеси болып: Ибрайымнан Даўытқа дейин он төрт урпақ, Даўыттан Бабилонияға сүргин етилиўге дейин он төрт урпақ, Бабилонияға сүргин етилгеннен Масийхқа дейин он төрт урпақ.
Copyright information for
KaaIBT22C