‏ Matthew 1:18-25

Ийса Масийхтың туўылыўы

(Лук 2:1-7)

18Ийса Масийхтың туўылыўы былай болды: Оның анасы Мәриям Юсупке атастырылғаннан кейин, олар қосылмастан бурын, Мәриямның Мухаддес Руўхтан ҳәмиледар екенлиги билинди. 19Оның күйеўи Юсуп ҳақ адам болып, Мәриямды уятқа қалдырмайын деп, оған үйлениўден жасырын түрде бас тартыўды ойлады. 20Ол усылай ойлап жүргенде, Жаратқан Ийениң бир периштеси оның түсине енип:

– Ҳәй, Даўыттың урпағы Юсуп! Сен Мәриямды өзиңе ҳаяллыққа алыўға қорқпа. Оның ишиндеги баласы Мухаддес Руўхтан.
21Мәриям ул туўады. Сен оның атын Ийса
Ийса – «Жаратқан Ийе қутқарады» дегенди билдиреди.
деп қоясаң, себеби Ол Өз халқын гүналарынан қутқарады, – деди.

22Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң пайғамбар арқалы алдын ала айтқан мына сөзлериниң орынланыўы ушын болды:

23«Мине, қыз ҳәмиледар болып Ул туўады. Оның атын Иммануел деп қояды» .

Иммануел – «Қудай бизлер менен бирге» деген мәнисте.

24Юсуп уйқыдан турғаннан соң, Жаратқан Ийениң периштесиниң буйырғанын ислеп, Мәриямға үйленди. 25Бирақ Мәриям улын
улын – Базы қолжазбаларда «туңғыш улын».
туўғанша, Юсуп оған жақынлаған емес. Бала туўылғаннан кейин, ол баланың атын Ийса деп қойды.
Copyright information for KaaIBT22C