‏ Matthew 10:1-4

Ийсаның он еки елшини таңлаўы

(Мрк 3:13-19; Лук 6:12-16)

1Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыў ҳәм барлық аўырыўлар менен ҳәлсизликлерге шыпа бериў бийлигин берди.

2Он еки елшиниң атлары мынадай: Петр деп аталған Шимон ҳәм оның иниси Андрей, Зебедейдиң улы Яқып ҳәм оның иниси Юхан, 3Филип пенен Бартоломей, Томас пенен салықшы Матта, Алпейдиң улы Яқып ҳәм Таддей. 4Ўатансүйер Шимон ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
Copyright information for KaaIBT22C