Matthew 10:26-31
Кимнен қорқыў керек?
(Лук 12:2-9)
26– Солай етип, олардан қорқпаңлар. Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 27Мениң сизлерге қараңғыда айтып турғанымды сизлер жарықта айтыңлар. Қулақларыңызға сыбырлап айтылғанды үй төбесинен жәриялаңлар. 28Денени өлтирсе де, жанды өлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Қудайдан қорқыңлар. 29Еки шымшық бир тийинға сатылмай ма? Бирақ олардың биреўи де Әкеңиздиң ерки болмаса жерге қулап түспейди. 30Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. 31Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар.
Copyright information for
KaaIBT22C