‏ Matthew 10:5-15

Шәкиртлерге берилген тапсырмалар

(Мрк 6:7-13; Лук 9:1-6)

5Ийса усы он екисин жибергенде, оларға былай деп тапсырмалар берди:

– Басқа миллетлердиң жерлерине бармаңлар, самариялылардың қалаларына да кирмеңлер.
6Ал жоғалған қойлардай болған Израил халқына барыңлар. 7Баратырып, жол бойы: «Аспан Патшалығы жақынлады», – деп жәриялап жүриңлер. 8Аўырыўларға шыпа бериңлер, өлгенлерди тирилтиңлер, тери кеселлигине шалынғанларды тазалаңлар, жинлерди қуўып шығарыңлар. Ешейин алдыңлар, ешейин бериңлер. 9Беллик қалталарыңызға алтын, гүмис ҳәм мыс теңгелер салып жүрмеңлер. 10Жолға дорба да, аўысық кийим де, аяқ кийим де, таяқ та алмаңлар. Себеби мийнет етиўши өз нанын табады.

11Сизлер қайсы қалаға ямаса аўылға кирсеңлер де, сол жерде кимниң ылайықлы екенин излеп табыңлар да, кеткенше сол адамның үйинде турыңлар. 12Оның үйине киргениңизде, аманлық тилеп сәлем бериңлер. 13Үй ылайықлы болса, тилеген аманлығыңыз сол үйге орнайды, ылайықлы болмаса, тилеген аманлығыңыз өзлериңизге қайтады. 14Егер сизлерди биреў қабыл алмаса ҳәм сөзлериңизге қулақ аспаса, сол үйден ямаса қаладан шығып баратырып, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер. 15Сизлерге шынын айтып турман: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.
Copyright information for KaaIBT22C