Matthew 11:2-19
Ийса ҳәм шомылдырыўшы Яқыя
(Лук 7:18-35)
2Яқыя қамақта отырып, Масийхтың ислеген ислери ҳаққында еситкенде өз шәкиртлерин жиберип: 3«Келетуғын Сол сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп Оннан соратты. 4Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. 5Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, тери кеселлигине шалынғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. 6Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы, – деди. 7Олар кеткеннен кейин, Ийса халыққа Яқыя туўралы айта баслады: – Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? 8Айтыңлар, нени көриўге бардыңлар? Ҳасыл кийим кийген бир адамды ма? Ҳасыл кийим кийгенлер патша сарайларында болады-ғо. 9Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. 10Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен алдыңнан Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң алдыңда баратуғын жолыңды таярлап қояды» ▼. 11Сизлерге шынын айтып турман: ҳаялдан туўылғанлардың арасында шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Аспан Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы. 12Шомылдырыўшы Яқыяның күнлеринен баслап ҳәзирге дейин Аспан Патшалығына зорлық жасалып, зорлық жасаўшылар Оны басып алып атыр. 13Яқыя келиўге дейин барлық пайғамбарлар ҳәм Мухаддес Нызам Аспан Патшалығы ҳаққында пайғамбаршылық етип келген. 14Егер буларды қабыл еткиңиз келсе, келиўге тийисли болған Илияс пайғамбар ▼ – усы Яқыя. 15Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын! 16– 17Ҳәзирги әўладты кимге уқсатайын? Олар базарда жолдасларына: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ ойнамадыңлар!Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ жыламадыңлар!» –
деп бақырып отырған балаларға уқсайды. 18Себеби Яқыя келип, ишип-жемеди. Сонда олар: «Оны жин урған», – дести. 19Адам Улы келип, ишип-жеди. Сонда олар: «Мине, тамақсаў ҳәм мәскүнем адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – деп айтысып атыр. Ал Қудайдың даналығы ислер арқалы ақланады.
Copyright information for
KaaIBT22C