‏ Matthew 12:1-8

Шаббат күни ҳаққында тартыс

(Мрк 2:23-28; Лук 6:1-5)

1Бир Шаббат күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратыр еди. Шәкиртлери аш болып, бийдайдың масақларын үзип алып жей баслады. 2Буны парисейлер көрип, Оған:

– Қара, Сениң шәкиртлериң Шаббат күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.

3Ийса оларға:

– Өзи де, қасындағылар да аш болғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма?
4Ол Қудайдың Үйине кирип, руўханийлерден басқа өзине де, қасындағыларға да жеўге болмайтуғын, усынылған нанларды жеген емес пе? 5Шаббат күнинде руўханийлер Ибадатханада Шаббат күнине байланыслы қағыйданы бузса да гүнасыз болатуғынын Мухаддес Нызамда оқымағансызлар ма? 6Сизлерге айтатуғыным: бул жерде Ибадатханадан да уллы Биреў бар. 7Егер сизлер: «Мен қурбанлықты емес, ал мийрим-шәпәәтти қәлеймен» , – деген сөздиң мәнисин түсингениңизде еди, гүнасызларды айыпламаған болар едиңиз. 8Адам Улы Шаббат күниниң де ийеси, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C