‏ Matthew 12:22-32

Қудайдың Руўхына қарсы болмаў туўралы ескертиў

(Мрк 3:20-30; Лук 6:43-45; 11:14-23)

22Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың көзи ашылып, сөйлей баслады. 23Адамлардың ҳәммеси қатты таң қалысып:

– Даўыттың Урпағы – Усы емес пе екен? – дести.

24Буны еситкен парисейлер:

– Ол жинлерди тек жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен ғана қуўып шығарып жүр, – деди.

25Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди:

– Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады, өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды.
26Ал егер шайтан өзин өзи қуўып шығарса, онда оның өз ара қарсы болып бөлингени болады. Олай болса, оның патшалығы қалай сақланады? 27Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүрген болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. 28Бирақ Мен жинлерди Қудайдың Руўхы менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Қудайдың Патшалығының жетип келгени.

29Ким дәслеп күшли адамды байлап тасламай турып, оның үйине кирип, мал-мүлкин тартып әкете алады? Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады.

30Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады. 31Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, Қудайға тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди. 32Ким де ким Адам Улына қарсы бир сөз айтса, кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа қарсы сөйлеген ҳәзир де, келешекте де кеширилмейди.
Copyright information for KaaIBT22C