‏ Matthew 12:33-35

33Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди. 34Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер өзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сөзлер сөйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады. 35Жақсы адам кеўлиндеги жақсылық ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаманлық ғәзийнесинен жаманлық шығарады.
Copyright information for KaaIBT22C