‏ Matthew 12:38-40

Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин сораў

(Мрк 8:11-12; Лук 11:29-32)

38Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға:

– Устаз! Сени Қудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги көрсетиўиңди қәлеймиз, – деди.

39Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды:

– Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди.
40Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады.
Copyright information for KaaIBT22C