Matthew 12:38-42
Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин сораў
(Мрк 8:11-12; Лук 11:29-32)
38Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға: – Устаз! Сени Қудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги көрсетиўиңди қәлеймиз, – деди. 39Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды: – Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен ▼ басқасы көрсетилмейди. 40Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады. 41Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе етти ▼. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар. 42Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген еди ▼. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
Copyright information for
KaaIBT22C