‏ Matthew 12:46-50

Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары

(Мрк 3:31-35; Лук 8:19-21)

46Ийса халыққа сөйлеп турғанда, анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар сыртта турып, Оның менен сөйлеспекши болды. 47Сонда биреў Оған:

– Анаң менен туўысқанларың Сениң менен сөйлеспекши болып, сыртта турыпты, – деди.

48Ол буны айтқан адамға қарап:

– Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де,
49Өзиниң шәкиртлерин қолы менен көрсетип былай деди: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! 50Себеби ким де ким Мениң аспандағы Әкемниң еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол.
Copyright information for KaaIBT22C