‏ Matthew 13:1-9

Туқым себиўши туўралы тымсал

(Мрк 4:1-20; Лук 8:4-15)

1Сол күни Ийса үйден шығып, көлдиң жағасына барып отырды. 2Оның жанына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, Ол қайыққа минип отырды, ал халық жағада турды. 3Ол тымсаллар менен оларға көп нәрселерди айтып, былай деди:

– Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты.
4Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты. 5Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. 6Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, биреўи жүз еседен, биреўи алпыс еседен, биреўи отыз еседен зүрәәт берипти. 9Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!
Copyright information for KaaIBT22C